Click to listen highlighted text!

⚡️Мойнақта моноорай ашылды

Мойнақ кәсип-өнер мектебиниң бос турған ханаларынан пайдаланған ҳалда бес қәнигелик бойынша моноорай ашылды.

Буның ашылыўында Бирлескен миллетлер шөлкеминиң Раўажландырыў бағдарламасы қәўендерлигинде керекли үскенелер алынды.

Буннан мақсет районымыздың жумыссыз жаслары ҳәм пуқараларын кәсип-өнерге үйретиў, диплом, сертификатқа ийе болыў ҳәм келешекте өз-өзиниң бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат.

Моноорайда оқыў бийпул болып, бул жерде оқыўшылар тигиўшилик, компьютер техникасы операторы, аспазлық, шаштарез ҳәм сантехник қәнигелери бойынша билим ҳәм тәжирийбесин жетилистиреди.

Skip to content Click to listen highlighted text!