Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жәмәәти «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңбер қойды
Бүгин, 14-январ – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен салатантлы илаж өткерилди.
«Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, министрлик ҳәм мәкеме, шөлкемлер, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлери қойылды.
Ел тынышлығы, мәмлекет қәўипсизлигиниң тиреги болған ўатан қорғаўшыларды бүгинги сәне мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Ҳәмийше ўатанымыз тыныш, аспанымыз ашық болсын