Click to listen highlighted text!

Қанлыкөл районында жаңа мектеп имараты пайдаланыўға тапсырылды

Соңғы жылларда елимизде барлық тараўлар қатарында билимлендириў тараўына да айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Усындай жаратылған имканиятлар қатарында Қанлыкөл районындағы «Жаңа Өзбекстан» массивинде жаңа мектеп имараты бой тикледи ҳәм пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығы ҳәм жаңа мектептиң пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өзинде 202,8 млрд. сумлық қаржылар есабынан жаңадан 4 мектеп қурылып атыр ҳәм 30 мектепте реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң пәрманы менен 12,8 млр. сум қаржы тийкарында Қанлыкөл районындағы жаңа массивте 25-санлы 330 орынлы жаңа мектеп имараты, спорт зал, универсал спорт майданшасы қурып питкерилди. Онда балалардың заманагөй билим алыўы ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған.

Ең баслысы, Президентимиз итибары менен балалар ушын және бир заманагөй билим дәргайы бой тиклеген болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы мектепте балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

 

Skip to content Click to listen highlighted text!